"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, күнниң екинши ярымында пайтахтымызда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 12-15 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 33-35°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў тасқынлары жүз бериўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, гүлдирмама ўақтында 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.