Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында ҳәм кешке қарай Бухара, Наўайы ўәлаятларында жаўын, айырым жерлерде күшли болады, айырым жерлерде гүлдирмама болады. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде самалдың тезлиги 25-28 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 25-30°.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с. Ҳаўаның температурасы 27-29°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.