"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтта кешке қарай жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын, қар), айырым жерлерде күшли болады. Думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиў қәўпи бар. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.








