15-декабрь күнги ҳаўа райы ҳаққындағы мағлыўмат

    15 желтоқсан 2025 145

    Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана азанда Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында, күнниң биринши ярымында Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын жаўады, айырым жерлерде қарға айланыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с. Ҳаўаның температурасы 0-5° жыллы, қублада 5-10° жыллы.

    "Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда азанда жаўын-шашын (жаўын, қар), думан болыўы мүмкин. Күндиз жаўын-шашын болмайды. Самал 3-8 м/с тезликте еседи.

    Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын, қар), айырым жерлерде күшли болады. Думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиў қәўпи бар. Самал 7-12 м/с тезликте еседи.