Бүгин күндиз Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Қашқадәрья ўәлаятларында азанда, Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында күнниң екинши ярымында ҳәм кешке жақын Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын жаўады. Сурхандәрья ўәлаятында жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң араласыўы мүмкин. Температура 18-23°.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтта күнниң екинши ярымында азы-кем жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң араласыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 20-22°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли жаўын жаўыўы мүмкин, бәлент таўлы аймақларда қарға айланыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.