Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятының айырым жерлеринде ҳәм кеште Ташкент ўәлаятының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, арқада ҳәм шөл аймақларында 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 30-35°.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда кеште қысқа
мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 5-10 м/с. Ҳаўаның температурасы
31-33°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўып,
гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с,
гүлдирмама ўақтында 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.