Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында күнниң екинши ярымында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12м/с. Ҳаўаның температурасы 25-30гр жыллы.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, гүлдирмама болғанда 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.