Бүгин күндиз Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы ўәлаятларында ҳәм кешке таман Ташкент, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында айырым жерлерде бираз жаўын жаўады. Қалған аймақларда жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 20-25°, арқада 13-18°.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтта кеште азырақ жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң араласыўы мүмкин. Температура 21-23°.
Таўлы аймақларда кешке қарай айырым жерлерге жаўын жаўыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.