Бүгин күндизги ўақытта Ферғана ойпатлығы ўәлаятларының айырым жерлеринде бираз жаўын жаўыўы, күнниң биринши ярымында Ташкент, Сурхандәрья ўәлаятларының айырым жерлеринде бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Қалған аймақларда жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12м/с. Ҳаўаның температурасы 6-11гр жыллы, арқада 2-7гр жыллы.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда күнниң биринши ярымында бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Азанда думан түсиўи мүмкин. Самал 3-8 м/с тезликте еседи.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Думан түсиўи мүмкин. Самал 7-12 м/с тезликте еседи.