"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда кеште ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 12-14 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) жаўып, думан түсиўи мүмкин. Көшиў қәўипли. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.