"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с. Ҳаўаның температурасы 23-25°.
Таўлы аймақларда жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.
Бүгин ҳәм жақын күнлерде Өзбекстан аймағында ҳаўа температурасының басқышпа-басқыш көтерилиўи даўам етеди. 10-11-ноябрь күнлери түнде ҳәм азанда 0-3 дәреже ыссы, күндиз 13-16 дәреже ыссы болады.
Дем алыс күнлери Өзбекстан аймағынан суўық ҳаўа массасы шетке шығады. Ҳаўаның температурасы әсте-ақырын көтериледи: бүгин күндизги ўақытлары термометр бағанасы 10-12°, екшемби күни 14-17°, қублада 18-20° ға шекем жыллы болыўы күтиледи.

