"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, дем алыс күнлери республика бойынша айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, айырым жерлерде гүлдирмама болады. Таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў өтиўи мүмкин.
Температура фоны бираз пәсейеди. Шемби күни арқа-батыс районлар ҳәм шөл зонасында, екшемби күни республиканың барлық аймақларында күндизги ҳаўа температурасы 20-25 дәреже ыссы болады. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус ыссы болады.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте: 27 ҳәм 28-март күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы күндиз 27-29 градус жыллы.
Екшемби күни қысқа мүддетли жаўын жаўып, самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи менен гүлдирмама болыўы мүмкин.
Ҳаўаның температурасы түнде 13-15 дәреже ыссы болады.