Пахта шийки затын жетистириўшилерге субсидия төленеди

    10 желтоқсан 2025 96

    Министрлер Кабинетиниң 06.12.2025-жылдағы "Пахта шийки затын альтернатив дәреклерден сатып алыўды қаржыландыратуғын аўыл хожалығы кәрханаларын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы 771-санлы қарары қабыл етилди.

    2025-жылғы пахта зүрәәтин зая етпей, өз ўақтында жыйнап алыў мақсетинде фермер хожалықларына биржа саўдаларында сатылған ҳәр бир тонна пахта шийки заты ушын 1 миллион сумнан субсидия ажыратылады (Президенттиң 19.09.2025-жылдағы ПҚ-290-санлы қарары).

    Ҳүжжет пенен 2025-жыл өниминен баслап фонд биржалары арқалы сатылатуғын пахта шийки заты ушын аўыл хожалығы кәрханаларына субсидияларды бөлистириў тәртиби ҳаққында ўақтынша реже тастыйықланып, онда төмендеги тәртиплер нәзерде тутылған:

    аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен товар-шийки зат биржалары арқалы сатылатуғын пахта шийки затына субсидияларға талапнама бериў;

    субсидияларды қаржыландырыў ҳәм бөлистириў және олардан пайдаланыў.

    Пахта ҳәм туқым жетистириўшилер және фермер хожалықлары тәрепинен берилген электрон есап-фактураларды «Ракамли кишлок хужалиги» бирден-бир интеграцияласқан платформасына интеграциялаў арқалы реал ўақыт режиминде усыныў жолға қойылады.

    Биржа саўдалары арқалы сатылған пахта шийки затының ҳәр бир тоннасы ушын 2025-жыл өниминен баслап 1 миллион сумнан субсидия ажыратылады. Онда бул режениң талаплары 2026-жыл 1-январьға шекем, спот шәртнамалары ушын болса 2026-жыл 1-апрельге шекем әмел етеди.

    Пахта шийки затын жетистириўши аўыл хожалығы кәрханалары жетистирилген өнимди бир мәрте ямаса бир неше бөлеклеп сатыўына қарамастан, субсидия алыў ушын бир мәрте мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.

    Субсидияға арза бериў ушын "Рақамли қишлоқ хўжалиги" бирден-бир интеграцияласқан платформасында жеке кабинет ашыўы мүмкин.

    Агропортал арқалы қәлиплестирилген субсидия алатуғын пахта жетистириўшилердиң дизими ҳәр айдың 10-күни Аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына жибериледи.

    Буннан кейин коммерциялық банклер ажыратылған субсидияларды 3 банк күнинде пахта жетистириўшилердиң арнаўлы есап бетине өткерип береди.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 09.12.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates