"Иран менен келиспеўшилик әтирапындағы жағдайға ҳәм Украина мәселесин шешиў бойынша АҚШ ўәкиллери қатнасыўында алып барылып атырған еки тәреплеме сөйлесиўлерге айрықша итибар қаратылды", - деди ол журналистлерге.

Сөйлесиў ўақтында Путин Вашингтон ҳәм Тегеранның келиспеўшиликлерин сиясий-дипломатиялық жоллар менен шешиўге шақырды ҳәм бул бойынша пикирлери менен ортақласты. Трамп, өз гезегинде, ўақыяларға Израиль менен биргеликтеги операция көзқарасынан баҳа берди.

Жетекшилер Украина бойынша тынышлық процесине де тоқтап өтти. Россия Президенти АҚШтың дәлдалшылық ҳәрекетлерин унамлы баҳалап, жаўынгерлик соқлығысыў шегарасындағы жағдай ҳаққында айтты. Америка жетекшиси келиспеўшилик тезирек сапластырылыўына үмит билдирди.

Буннан тысқары, олар Венесуэлланы, соның ишинде, жәҳән нефть базарындағы жағдайды да додалады, деп жазбақта ria.ru.

Сөйлесиў Америка жетекшисиниң басламасы менен болып өтти. Ол бир сааттай даўам етти. Кәсиплеслер бир-бири менен турақлы түрде сөйлесиўге таяр екенлигин билдирди. Ушаков олардың сәўбети әмелий әҳмийетке ийе болатуғынын атап өтти.