Бундай мағлыўматларды миллий интернет регуляторы eSafety жәриялады. Жаңа нызам социаллық тармақларға жас өспиримлердиң кириўин шеклеў миннетлемесин жүклейди. Талапларды бузғаны ушын платформаларға 50 миллион долларға шекем жәрийма салынады. Буған шекем дерлик барлық жас өспиримлер ҳәм көпшилик киши жастағы балалар бул қағыйдаларға итибарсыз еди. Дүнья жәмийетшилиги, соның ишинде, Франция ҳәм АҚШ Австралия тәжирийбесин өз шеклеўлерин енгизиў ушын үлги сыпатында қарамақта, деп жазбақта 24.kz.