Өзбекстан Республикасы "Өзбекстан Республикасында валюта операцияларын әмелге асырыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында"ғы Нызамына бола, төмендеги жарақатланыў белгилери бар банкнотлар айланысқа жарамлы төлем қуралы есапланады.
- банкноттың сүўрети (формасы) н анықлаў имканиятын беретуғын дәрежеде ысылып қалған ҳәм патасланған болса (ысылыў банкноттың ҳақыйқыйлығын анықлаўға кесент бермейтуғын ҳәм тийкарғы белгилеринен бириниң 50 процентинен асламын тосып қоймаған жағдайлар буған кирмейди);
- банкнотаның ени (бойының) төрттен бир бөлегинен аспаған жабыстырылған жыртықларға ийе болса;
жабыстырылған мүйешлери ямаса бөлеклери (1 см2 ден аспаған) болса ҳәм жыртып алынған мүйешлери ямаса бөлеклери анық усы банкнотқа тийисли болса;
- майда дақлар, жазыўлар, штамп изи болғанда (бунда жазыў ямаса штамп изи еки данадан артық болса, банкноттың сапластырылғанлығы, жалғанлығы ямаса үлгисин тастыйықлаўшы штамплар буған кирмейди) ҳәм олар банкноттың ҳақыйқыйлығын анықлаўға тосқынлық етпейтуғын тийкарғы белгилердиң биреўиниң 50 процентинен асламын тосып қоймаған болса;
- банкнотада диаметри 1 мм ден аслам болмаған ҳәм екеўден артық тесиклер болса, бунда тесиклер банкноттың ҳақыйқыйлығын анықлаўға кесент бермейтуғын ҳәм тийкарғы белгилеринен бириниң 50 процентинен асламын тосып қоймаўы керек.
Зыянланған банкнотларды алмастырыўда банк хызметкери тәрепинен еки нусқада мағлыўматнама рәсмийлестириледи ҳәм оның бир нусқасы физикалық шахсқа бериледи. Коммерциялық банклер тәрепинен физикалық тәреплердиң зыянланған банкнотларын миллий валютага алмастырыў ямаса усы түрдеги зыянланбаған банкнотларға алмастырыў, майдалаў, ирилетиў ҳәм де конверсия операцияларын әмелге асырыўдан бас тартыўға жол қойылмайды.
Бундай түрдеги операциялар әмелге асырылғанда банк тәрепинен комиссия төлемлери өндирилиўи мүмкин.
Төмендеги жарақатланыў белгилери бар банкнотлар айланысқа жарамсыз төлем қуралы есапланады:
бөлеклерге ажыратылған, соның ишинде жабыстырылған болса;
- дәслепки реңи өзгерген яки реңи өшкен болса;
1 - жанған ямаса күйген ҳалында болса;
- нызамлы төлем қуралы екенлигин көрсететуғын тийкарғы белгилериң биреўиниң 50 проценттен аслам бөлегине май, бояў ямаса сыя төгилген болса;
- банкнотта химиялық реактивлер тәсири болса;
- белгили дәрежеде қастан жарақатланған ҳалда сүўрет (сүўрет, портрет) өзгертилгенде, номинациясы өзгертилген, қорғаў жиплери алып тасланған, үлкен көлемдеги жазыўлар болса;
- банкнотлар анық баспа қәтесине ийе болған (суў белгиси ямаса қорғаў жиплериниң жоқлығы ямаса надурыс жайласқанлығы), сүўретлери толық басылмаған ямаса сүртилген болса;
- банкноттың геометриялық өлшеми 3 мм ге тең ямаса оннан артыққа өзгерген болса;
- банкноттың сүўретин (сүўретин, портретин, формасын) анықлаў имканиятын бермейтуғын дәрежеде сезилерли үзилген ҳәм патасланған болса;
- өзиниң қаттылық дәрежесин сезилерли дәрежеде жоғалтып, жумсақ ҳалға келген банкнотлар.

