Сапар шеңберинде дәслеп IТ тараўында жумыс алып барып атырған “Acryl” компаниясы менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыў даўамында мәлимлеме технологиялары тараўы бойынша маман қәнигелерди таярлаўды тәмийинлейтуғын IТ-орайларды қурыў ҳәм мәлимлеме технологиялары саласында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери талқыланды.
Буннан соң, “People & Dream Co., Ltd.” компаниясы менен ушырасыў өткерилип, сөйлесиўлер даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасында мийнет миграциясы тараўында бирге ислесиў бойынша жақын қатнасықларды орнатыў ҳәм республикамыз аймағында моноорайлар шөлкемлестириў, соның ишинде, сырт елге жумыс ислеў ушын кетип атырған пуқараларды кәсипке бағдарлаў ҳәм шет тиллерине оқытыў бойынша пикирлести. Сондай-ақ, ушырасыўларда Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен де сөйлесиўлер алып барылды. Онда “Арал теңизи апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў Аралбойы регионы ушын жасыл тиклениў” жойбарын әмелге асырыў ҳәм бул бойынша бирге ислесиў, тәбийғый апатшылыққа шыдамлы қураллар менен тәмийинлеў, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў мәселелери додаланды.
Соннан, Корея интернет ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги агентлиги ўәкиллери менен ушырасыў даўамында IT тараўын раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер болды. Агентлик тәрепинен Қарақалпақстанның орта мектеплерине заманагөй компьютерлер берилди. “KIDL Co., LTD” компаниясы менен өткерилген ушырасыўда аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиў мәселелери талқыланды. Соннан, Қарақалпақстанның районларында компания технологиялары тийкарында заманагөй ыссыханаларды шөлкемлестириў жойбарларын әмелге асырыў бойынша келисип алынды.
Өткерилген ушырасыўларда бир қатар пайдалы келисимлерге ерисилди, әҳмийетли шәртнамаларға қол қойылды. Бирге ислесиў бойынша перспективалы жойбарлар кең түрде додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги