Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Ресубликаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы тиккелей эфирден берилип барылды.

Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасының «Жер ҳаққындағы» Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы А.Жуманазаров баянат жасады. Бул Нызам жойбары менен «Жер ҳаққындағы» Нызамның бир қатар статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи Қарақалпақстан Республикасына инвестицияларды және де кеңнен тартыў ҳәм аймағымыздың социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Күн тәртибиндеги бул мәселе толық көрип шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Парламентлик сораў жибериў туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратов баянат жасады.

Онда онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларының дәрилерин тийкарсыз буйырыў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы унамсыз жағдайларға алып келетуғын себеп ҳәм шараятлар, олардың ақыбетлери бойынша анализленген жумыслар ҳәм басқа да мәселелер кең түрде сөз етилди.

Бул мәселе де толық көрип шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары – Аўыл хожалығы министри Ш.Тешаев баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Кейинги мәселе – пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиевтиң мәлимлемеси тыңланды. Бул мәселе де толық көрилип, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Орайлық банктиң Қарақалпақстан Бас басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Бас басқарма баслығы А.Исаков баянат жасады.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында 13 коммерциялық банк ҳәм олардың қала ҳәм районлардағы 89 банк хызметлерин көрсетиў орайлары, мини банклери тәрепинен халыққа заманагөй банк хызметлери көрсетилип келинбекте. 2025-жылдың 1-январь жағдайына халықтың ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң банклердеги депозитлериниң көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 33,7 процентке көбейди.

Нақ пулсыз есап-санақлар системасын және де раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжесинде айланысқа шығарылған пластик карточкалар саны 2 млн. 550 мыңға, саўда ҳәм төлемли хызмет көрсетиў шақапшаларына орнатылған төлем терминалларының саны 21 мың 696 ға жетти. Машқалалы кредит қарыздарлықларды қысқартыў бойынша да илажлар алып барылмақта. Гезектеги бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының аймақларда орынланыўы бойынша Мәҳәллелер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша басқарма баслығы С.Турманов баянат жасады. Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сессия мәжилисинде Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарлары тастыйықланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.