Қарақалпақстанлы жаслар исенимди ақлап атыр

    Елимизде жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық белсендилигин арттырыўға айрықша итибар берилмекте. Бундай ийгиликли басламаның әмелий көринисин Әмиўдәрья районы "Ақ алтын" аўыл пуқаралар жыйыны мысалында да көриў мүмкин.

    - "Ақ алтын" аўыл пуқаралар жыйынындағы 1 мың 300 ден аслам шаңарақта 7 мың 500 ден аслам халық жасайды. Олардан дерлик 3800 и ҳаял-қызлар болып есапланады. Мине, усы қатламның турмысын жақсылаў, машқалаларын шешиў, бәнтлигин тәмийинлеўде салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта, - дейди ҳаял-қызлар белсендиси Моҳира Ёқубова. - Атап айтқанда, "мәҳәлле жетилиги"ниң жуўмағы менен 174 ҳаял-қыз "Ҳаял-қызлар дәптери"ниң 6-басқышына киргизилген. Олардың 96сына әмелий жәрдем көрсетилди. Мәҳәллемиздеги 136 жумыссыз ҳаял-қыздың дерлик 100 и кәсиплик қәбилетинен келип шығып, исбилерменлик, өнерментшилик ҳәм жумысты үйге алып ислеўге тартылды. Сыртқы миграциядан қайтқан 6 ҳаял қусшылық ҳәм шарўашылыққа бағдарланды. Буннан тысқары, жәрдемге мүтәж 36 ҳаялдың машқаласы үйренилип, 12 синиң мәселеси унамлы шешилген. Пробация қадағалаўындағы 7 ҳаял кәсиплик уқыбына қарап, жумыс пенен тәмийинленген.

    Мәҳәлледе ҳаял-қызларды экономикалық белсендиликке шақырыў мақсетинде өнерментшилик, тигиўшилик, шарўашылық ҳәм қусшылық бағдарларындағы жойбарлар жолға қойылған. Әсиресе, миграциядан қайтқан ҳаял-қызларды социаллық турмысқа қайтарыў бойынша исленген жумыслар дыққатқа ылайық. Усы жылдың басында сырт елден қайтқан 3 ҳаял-қызға қусшылықты баслаўы ушын кредит алыўында жәрдем берилди. Бул арқалы олар шаңарағының экономикалық турақлылығына үлес қоспақта.

    Аймақта ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге әййемги өнерлерди қәстерлеп сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткериў бағдарында да белгили жумыслар исленбекте. Соның ишинде, гилем тоқыў бағдарында шебер өнермент Толғаной Худайбергенованың хызмети айрықша итибарға ылайық. Ол гилем тоқыў сырларын мектепте оқыўшылық дәўиринен үйренген. Усы өнерге меҳир қойып, әўладлар арасындағы алтын сақыйна ўазыйпасын атқарып келмекте.

    - Мектепти питкергеннен кейин, әкем менен жигит ағам үлкен гилем тоқыў үскенесин соғып берген еди. Оны ҳәзирге шекем қәстерлеп сақлап киятырман. Үйдеги барлық гилемди усы станокта өзим тоқығанман, - дейди өнермент. - Усы күнге шекем көплеген шәкиртлер тәрбияладым. Келинлерим ҳәм ақлықларым да жанымда үлкен қызығыўшылық пенен гилем тоқыў сырларын үйренбекте. Әлбетте, бул әййемги өнердиң жоқ болып кетпеўин, керисинше, жаңа әўладлар қолында және де раўажланыўын тәмийинлейди.

    Президентимиздиң "Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары турмысқа избе-из енгизилип, жоқары нәтийже бермекте. Қарар тийкарында Әмиўдәрья районының Холимбег аўылындағы 23 жигит-қыздың ҳәр бирине 25 сотихтан - жәми 8,5 гектар жер ажыратылған. Бул майданда жаслар шаңарақ ағзалары менен бирге мийнет етип, шаңарағының абаданлығын тәмийинлемекте.

    Дәслеп мәҳәллелердеги жумыссыз жаслардың дизими қәлиплестирилген. Соң район резервиндеги 400 гектарға шамалас жер 1104 жасқа ажыратып берилген еди. Ҳәзир бул майданларға түрли егинлер егилген. Мийнеткеш жаслар усы арқалы жерден жоқары зүрәәт ҳәм мол дәрамат алмақта. Бул халық ушын турақлы дәрамат дәреги болыўы менен бирге, районда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки базарды таза ҳәм сапалы өнимлер менен толтырыўға да хызмет етпекте. Қалаберди, быйыл 800 ден аслам жигит-қызға ғәлледен босаған 121 гектар жер мәўсимлик ижара тийкарында ажыратып берилди. Сол арқалы олардың мәўсимлик бәнтлиги тәмийинленди.

    Беруний районындағы "Алтынсай" аўыл пуқаралар жыйыны орайдан 40 километр узақта жайласқан. Бул аймақта 6000 нан артық адам жасайды. Аўылдағы ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеми менен усы жылы 1 миллиард 593 миллион сумлық жеңиллетилген кредит алынып, жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

    - Жер ажыратыў жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, мәҳәлледе социаллық орталықты жақсылаў ҳәм аўыл хожалығында нәтийжелиликти арттырыўда әҳмийетли фактор болып есапланады. Жаслардан бири - Орал Умурзақов дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын ижараға жер алған еди. Ол 1200 түп жүзим нәли егип, дәрамат ала баслады, - дейди "Алтынсай" аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Ҳамид Нурмаханов. - Сондай-ақ, Даўран Кенжаевқа балық бағыў ушын 10 миллион сум жеңиллетилген кредит алыўына жәрдемлестик. Жанполат Мақсетов болса 2022-жылы нан өнимлерин ислеп шығарыўды баслаған еди. Оның исбилерменлигин кеңейтиў ушын 30 миллион сум жеңиллетилген кредит есабынан заманагөй үскене сатып алыўында әмелий жәрдем берилди.

    Беруний районында көплеген жаслар мийнети, излениўшеңлиги себепли шаңарағына дәрамат алып келмекте. Бул арқалы мәмлекет абаданлығына үлес қоспақта. Әлбетте, жасларымыздың мийнетке болған қызығыўшылығы, умтылысы тийкарында жаратылып атырған имканиятлар жәмленген. Олар буннан нәтийжели пайдаланып, билдирилген исенимди ақламақта.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates