Суўық дәўирде суў муз түринде топланып, бәҳәр ҳәм жазда әсте-ақырын ерип, егислик жерлерди суўғарыўди тәмийинлейди.

Ҳәзирги ўақытта Шаҳрисабз қаласының "Сарчашма" мәҳәллесинде ҳәр бири 450 куб метрге шекем суў жыйнаў имканиятына ийе 4 муз үсти орнатылған.

"Технология энергияны талап етпейди ҳәм экологиялық жақтан қәўипсиз. Жойбар ФАОның Өзбекстандағы ўәкилханасы, Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң жәрдеминде әмелге асырылмақта", - деп мәлим етти Шаҳрисабз районы ҳәкимлиги.

Келешекте бул тәжирийбени мәмлекетимиздиң басқа таўлы аймақларында да енгизиў режелестирилген.