Миграция агентлигиниң хабар бериўинше, жумыс орынлары 200 болып, қабыл етилгенлерге 700−750 доллардан айлық төленеди.
Сондай-ақ, талабанлар 21 жастан жоқары болыўы, инглис тилинде еркин сөйлесе алыўы (кеминде В1 дәрежеде, рус тилин билиў үстинлик береди), саўда ҳәм қарыйдарларға хызмет көрсетиў тараўында кеминде 2 жыллық тәжирийбеге ийе болыўы, судланбаған ҳәм Өзбекстаннан шығыўға шеклеў болмаўы керек.
Қатарға барыў қәрежетлери, жумысшы виза, медициналық қамсызландырыў, жергиликли транспорт картасы ямаса төлемлери, жатақхана, азық-аўқат қәрежетлери жумыс бериўши есабынан қаплап бериледи.
Төмендеги силтеме арқалы дизимнен өтиледи ҳәм CV қәлиплестириледи. Буның ушын қолланба:
OneID арқалы;
Xorijda ish платформасы арқалы.
"Дизимнен өтиў жумысқа орналасыўды кепиллемейди, талабанлар жумыс бериўшилер тәрепинен арза келип түскенде таңлаўда қатнасады", - делинеди хабарда.