Қатарға әмелий сапар жуўмақланды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қатар Мәмлекетине әмелий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды.

    Сапар бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимиз басшысы социаллық раўажланыў бойынша екинши жәҳән саммитинде қатнасып, онда турақлы ҳәм инклюзив социаллық раўажланыўды әмелге асырыў ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўды жақсылаў бойынша глобал шерикликти буннан былай да беккемлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.

    Мәмлекетимиз басшысы Доха қаласында Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Таний менен де нәтийжели сөйлесиўлер өткерди.

    Шайх Ҳамад атындағы халықаралық аэропортта Өзбекстан Президентин Бас министрдиң орынбасары, қорғаныў ислери бойынша мәмлекетлик министри Шайх Сауд бин Абдураҳмон Ол Таний ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.

    Мәмлекетимиз жетекшиси АҚШ Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Вашингтон қаласына жөнеп кетти, ол жерде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң "С5+1" форматындағы саммитинде қатнасады.

    Сапар бағдарламасына муўапық мәмлекетимиз басшысы АҚШ Президенти Дональд Трамп, Конгресс Сенаты ҳәм Ўәкиллер палатасының ўәкиллери, сондай-ақ, АҚШ министрликлери ҳәм уйымларының басшылары менен ушырасыўлар өткереди.

    Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларды және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў, сондай-ақ, Орайлық Азияның АҚШ пенен регионлараралық бирге ислесиўин тереңлестириў мәселелери көрип шығылады.

    Исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде АҚШтың жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары қатнасыўында ушырасыўлар ҳәм илажлар өткерилиўи режелестирилген.

    Илажлар жуўмағында бир қатар еки ҳәм көп тәреплеме ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи режелестирилген.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates