Соның ишинде, мүтәж ҳәм илим-ағартыўшылық жолында изленип атырған жасларға жәрдем бериў, шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў, ҳүрмет ҳәм мийирим-шәпәәт қәдириятларын көрсетиў, қоршаған ортлақты сақлаў, муққадес зыярат орынларын абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж, майыплығы болған шаңарақларға, жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан филиалы тәрепинен жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар ушын «Балаларға бериң дүньяны» деп аталған қайырқомлық илажы өткерилди. Саудия патшалығы жәрдем ҳәм қайырқомлық ислери орайы тәрепинен жиберилген дәслепки азық-аўқат өнимлеринен ибарат қайырқомлық жәрдеми 461 кем тәмийинленген, социаллық қорғаў, бағыўшысынан айырылған, майыплығы болған шаңараққа тарқатылды.
Бул ийгиликли баслама «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Түркияның Өзбекстандағы елшиханасы тәрепинен бийғарез берилген азық-аўқат өнимлери топланған Рамазан саўғасы Аралбойы аймағында жасайтуғын социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж 700 шаңараққа қайырқомлық сыпатында саўға етилди.
– Мүбәрек рамазан айында бундай қайырқомлық илажлары қала ҳәм районларда да даўам етпекте, – дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан филиалының басшысы Исламбек Тажетдинов. – Жақын күнлерде майыплығы болған, бағыўшысын жойытқан, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға ифтарлық дастурханын жайыў, қайырқомлық илажын өткериў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.