Жас әўладқа күшли исеним ҳәм стратегиялық көзқарасларды билдиретуғын, интеллектуаллық, дөретиўшилик имканиятларды жүзеге шығарыў ушын майдан ўазыйпасын атқаратуғын бул жойбардан нелер күтилмекте? Бул сораўға тараў қәнигелери ҳәм экспертлерден жуўап алдық.

Жавоҳир АҲМЕДОВ, "Президенттиң қәбилетли перзентлери" басламасы жойбарының басшысы, Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернатының атқарыўшы директоры:

- Бул жойбар себепли жаслардағы интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик имканиятты жүзеге шығарыў ушын майдан жаратылды. Үш әҳмийетли бағдарды қамтып алған жойбарда белгиленген ўазыйпалар мәмлекетимиз келешеги ушын әҳмийетли орын ийелейди.

Биринши бағдар - "Президенттиң қәбилетли перзентлери" миллий бағдарламасы. Ол мәмлекет бойлап таңлап алынған ең қәбилетли 1500 9-класс питкериўшисин дүньяның жетекши университетлерине таярлаўға мөлшерленген. Миллий бағдарлама қатнасыўшыларына Президент ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң маман мәсләҳәтшилери бириктириледи. Олар оқыўшыларға жоқары билимлендириўге кириў ушын зәрүр билим ҳәм көнликпелерди раўажландырыў, портфолионды күшейтиўде жақыннан жәрдем береди.

Бүгин Гарвард, Йел ҳәм Колумбия сыяқлы ең абырайлы жоқары оқыў орынлары тест нәтийжелерин емес, әйне жеке портфолионды итибарға алады. Жаслардың жойбары, жетекшилиги, жәмийетке қандай пайда келтиргенлиги сыяқлы реал жағдайларды баҳалайды.

Қатнасыўшылар ушын Ренессанс дем алыў орайында мектеп бағдарламасынан тысқары изертлеў методологиясы, социаллық жойбар таярлаў, жәмәәтте ислесиў, сөйлеў мәденияты сыяқлы тереңлестирилген қосымша пәнлерди өзлестириў ушын интенсив тренинглер шөлкемлестириледи. Булардың бәри жаслардың жеке портфелин байытып, ҳүжжет тапсырыўда шешиўши әҳмийетке ийе болады.

Миллий бағдарламаның ең табыслы 40 қатнасыўшысы АҚШтың абырайлы 8 университети ассоциациясы “The Ivy League” (Печак лигасы) ның жазғы мектеплерине жибериледи.

Бағдарлама қатнасыўшысы кейин ала ең жақсы 100 университет қатарына (ТОП-100) 50 процентлик грант тийкарында оқыўға кирсе, контракт пулының қалған бөлеги "Эл-юрт умиди" қоры арқалы толық қаплап бериледи.

Бағдарламаға қабыллаў процеси бир басқышлы болып, ҳәр бир аймақта математика ҳәм инглис тили бойынша тест өткериледи. Ҳәр бир пәннен 40 сораў берилип, улыўма максимал баҳа 80 баллды қурайды. Сондай-ақ, олимпиадаларда сыйлы орынларды ийелеген талабанларға 20 баллға шекем қосымша балл бериледи. Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестри ағзаларының перзентлерине 10 баллық жеңиллик бар. Нәтийжеде ең жоқары балл топлаған 1500 оқыўшы таңлап алынады.

Екинши бағдар - Өзбекстанда альтернативине ийе болмаған Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернаттың шөлкемлестирилиўи.

Ҳәр жылы 8-кластың ең қәбилетли питкериўшилери арасынан 60 адамды мектепке қабыл етиў нәзерде тутылған. Онда халықаралық стандартларға сәйкес билим бериледи, алдынғы педагогикалық тәжирийбелерден пайдаланылады. Мектепте илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жойбарлар ушын барлық шараят жаратылған. Жеке портфелин қәлиплестириў ушын ҳәр бир оқыўшыға илимий, социаллық ҳәм инновациялық жойбарлар менен шуғылланыў имканияты бериледи.

Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернат тек ғана оқыў мәкемеси емес, ал қәбилетли ҳәм перспективалы, күш-ғайратлы оқыўшыларды мәмлекет бойлап ашық таңлаў тийкарында таңлап алады. Балаларға үш жыл даўамында халықаралық стандартлар тийкарында билим бериледи. Сырт елдеги ең абырайлы университетлерге кириў ушын имканият жаратады.

Мектептиң басқа билимлендириў мәкемелеринен тийкарғы парқы сонда, питкериўшилерге аттестат пенен бир қатарда жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў имканиятын беретуғын халықаралық дәрежедеги диплом (International Baccalaureate) бериледи.

Қабыллаў процеси еки басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта ҳәр бир аймақта математика ҳәм инглис тили пәнлеринен 40 сораўдан тийкарланып 100 баллық системада сайлап алыў имтиханы болып өтеди. Ең жоқары балл топлаған 300 оқыўшы Ташкент қаласында болып өтетуғын 2-басқыш сынақларында қатнасыўы мүмкин. Екинши басқышта да математика ҳәм инглис тилинен жазба имтихан өткерилип, жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола, ең жоқары балл топлаған 60 оқыўшы таңлап алынады.

Мектепте ҳәр жылы 60 тан - 3 жылда 180 оқыўшы толық грант тийкарында оқытылады. Олар келешекте халықаралық тән алынған университетлерге грант тийкарында қабыл етилип, заманагөй билим ҳәм профессионал тәжирийбе ийелейди.

Үшинши бағдар - Президент қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў жәмийети. Бул структура мәмлекеттиң ең қәбилетли жасларын - Президент мектеплери, Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернат, "Жаңа Өзбекстан" университети ҳәм "Эл-юрт умиди" қорының стипендиатларын бирден-бир платформада бирлестиреди.

Жаслар мәмлекетлик уйымлар ҳәм ири компаниялар менен тиккелей сөйлесиў, мәмлекеттиң раўажланыўына байланыслы әҳмийетли қарарларда пикир билдириў имканиятына ийе болады.

Арнаўлы санлы платформа арқалы жаслар өз-ара тәжирийбе алмасады, инновациялық идеяларын додалайды. Буннан тысқары, жәмийетшилик тәрепинен жаслар ушын халықаралық көлемдеги форумлар, конференциялар ҳәм тренинглерге қатнасыў шараяты жаратылады. Олар жетекши жумыс бериўшилер менен тиккелей байланысады.

Сондай-ақ, мәмлекеттиң раўажланыўына сезилерли үлес қосып атырған пидайы қәнигелерди қоллап-қуўатлаў ушын “Янги Ўзбекистон пойдеворлари” көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Бул жәмийетте пидайылық ҳәм кәсиплик жоқарылықты қәдирлеў мәдениятын раўажландырады.

"Президенттиң қәбилетли перзентлери" басламасы жас әўладты глобал бәсекиге шыдамлы, интеллектуаллық жақтан жоқары ҳәм дөретиўшилик потенциалға ийе қәнигелер сыпатында қәлиплестириўге қаратылған стратегиялық жойбар болып есапланады.

Шавкат АЮПОВ, Илимлер академиясы президенти, Өзбекстан Қаҳарманы:

- "Президенттиң қәбилетли перзентлери" басламасы менен танысар екенмен, 1997-жылы шөлкемлестирилген "Үмит" қоры ядыма түсти. Қор тәрепинен өткерилген таңлаўларда төреши сыпатында қатнасқанман. Сол ўақытта жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация комиссиясының баслығы болғанман. Университетлерде билим алып атырған қәбилетли студентлерди сәўбет тийкарында таңлағанбыз. Олар жүдә талантлы жигит-қызлар еди. Кейин ала "Үмит" қоры арқалы дүньяның ең абырайлы университетлеринде билим алды. Бирақ оқыўды тамамлап қайтып келгенде, олардың потенциалынан өнимли пайдаланылмады. Нәтийжеде жаслар ийелеген билимлери қайсы бир жерде керек екенин сезбеген. Айырымлары тараўды таслап кетти. Сырт елге қайтып, жумысын сол жерде даўам еттиргенлер де болды.

2018-жылы Президентимиздиң басламасы менен "Эл-юрт умиди" қоры шөлкемлестирилди. Оның алдына елимиздеги қәбилетли жаслар ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң сырт елдеги абырайлы оқыў, илимий ҳәм басқа да мәкемелерде билим алыўын шөлкемлестириў және заманагөй билимге ийе, креатив пикирлейтуғын жаңа әўлад кадрларын қәлиплестириў, мәмлекетлик хызметке тартыўға жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды. Қор бул ўазыйпаны барынша орынлады. Бирақ бүгин халқымыз жедел өзгерислер дәўиринде жасамақта. Мине, усы жедел раўажланыў процесинде интакер, жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын, потенциаллы кадрларға талап артыўы тәбийғый. Бул болса қордың жумысын буннан былай да жетилистириўди талап етти.

Жақында "Эл-юрт умиди" қоры Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры етип қайта шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 15-майдағы "Президенттиң қәбилетли перзентлери" басламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық және бир ийгиликли ис басланды. Қәбилетли жасларды ерте анықлаў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды нәзерде тутатуғын бул нормативлик ҳүжжет мәмлекетте инсан капиталын раўажландырыў, дүнья мийнет базарында бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаў, мәмлекеттиң раўажланыўы ушын жаңа инновациялық имканиятлар жаратыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге қаратылған. Оқыўшы-жаслардың умтылысына қанат болып хызмет ететуғын бул баслама жоқары маман қәнигелер таярлаў бағдарында мәмлекетимиз алып барып атырған сиясаттың логикалық даўамы болып есапланады.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, қәбилетли жасларды бирден-бир платформаға бирлестириў арқалы өз-ара бирге ислесиўи, тәжирийбе алмасыўы ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ушын нәтийжели орталық жаратылады.

Буннан бир жыл алдын Президентимиздиң басшылығында инженер кадрларды таярлаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мен де қатнасқан едим. Сол ўақытта заманагөй билим ҳәм маманлыққа ийе инженер-техниклерге талап жоқары екени айтылды. Себеби барлық тараў раўажланып, жаңа комплекслер иске қосылмақта, жаңа технологиялар турмысымызға кирип келмекте. Қәбилетли жаслар арасында инженерлик-техника бағдарында кадрларды таярлаў заман талабы.

Талантларды анықлаў мектептен басланады. Президент мектеплери, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде усындай балалар билим алмақта.

"Гарвардшылар мектеби" сыпатында тән алынатуғын Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернатты шөлкемлестириўден мақсет басқышпа-басқыш қәбилетли балаларды таңлап алыў имканиятын кеңейтиў. Мектепке елимиз бойлап ең қәбилетли оқыўшылар таңлап алынады.

Усы жерде бир тәрепке итибар қаратпақшыман. Айырым балалардың таланты дәрҳал сезилмейди. Оларды таңлап атырғанда жүдә абайлы болыў керек. Мәселен, балалар бар - тез илип алады. Айырымлары ушын ўақыт керек. Себеби олар терең пикирлейди. Жасларға қәбилетин көрсетиўи ушын имканият бериў керек.

"Президенттиң қәбилетли перзентлери" миллий бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан бойлап потенциалы жоқары оқыўшылардың таңлап алыныўы, жоқары оқыў орынларына кириў ушын зәрүр билим ҳәм көнликпелер тийкарында таярланыўы нәўқыран әўлад ўәкиллериниң билим алыўы, келешегине қаратылған итибардан дәрек береди.

Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў жәмийетшилиги арқалы мәмлекеттеги ең потенциаллы жаслардың Өзбекстандағы реформаларда тиккелей қатнасыўы, идея ҳәм басламаларын алға қойыў имканияты жаратылмақта. Жәмийетшилик ағзалары министрликлер, уйымлар ҳәм ири компаниялар менен тиккелей байланыста болады. Талқылаў қаншелли көп болса, жақсы тәжирийбелер менен танысыў имканияты сонша кеңейеди. Бул да жаслар өз потенциалын көрсетиўи ушын теңсиз имканият.


"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Рисолат МАДИЕВА жазып алды