Буннан отыз жыл бурын шөлкемлестирилген бул мәҳәлледе 23 көп қабатлы
турақ жай бар. 1 мың 416 квартирада 5 мың 400 ден аслам халық жасайды.
Президентимиздиң 2024-жыл 25-июньдеги "Мәҳәллелерди абаданластырыў,
көклемзарластырыў ҳәм олардың келбетин түп-тийкарынан жақсылаў бойынша қосымша
илажлар ҳаққында"ғы қарары тийкарында әмелге асырылған өзгерислер
нәтийжесинде бүгинги күнде мәҳәлле пүткиллей жаңа көриниске ийе болды.
"Абат мәҳәлле" мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде әмелге
асырылып атырған бул жойбарға жергиликли бюджеттен 71,4 миллиард сум қаржы
ажыратылған. Нәтийжеде мәҳәлле заманагөй "жасыл" қала орталығы болған
ҳақыйқый экологиялық мәканға айланды.
Бул аймақтағы
әҳмийетли жаңалықлардан бири "Қичқириқ" каналының жағасында сейил
етиў орны шөлкемлестирилгени болды. Оның узынлығы 2,4 километрди қурайды. Суў
бойы аймағы халық күни-түни дем алатуғын ықшам ҳәм таза орынға айландырылды.
Бул жерде 12,4
километр пиядалар жолы қурылып, қосымша жасыл аймақ жаратылған. Суў үстинде
ықшам әйўан, 14 беседка, суў айланбасы ҳәм фонтанлар қурылған.
Бүгинги күнде
мәҳәлледе 6,5 мыңға шамалас саяманлы ҳәм мийўели тереклер жетистирилмекте.
Турақ жайлардың сыртқы фасадлары да жаңаланды. Халықтың дем алыўы ушын жүзлеген
отырғыш ҳәм жақтыландырыў үскенелери орнатылған.
Бул жерде де
жаслар ушын барлық шараят жаратылған. Мәҳәлледе 12 воркаут майданшасы, 3 футбол
майданшалары шөлкемлестирилип, китапхана жумысы жолға қойылды.
Мәҳәлледе
исбилерменлик жедел раўажланбақта. Аймақта 47 исбилерменлик субъекти жумыс алып
бармақта. Жаңа жойбарлар есабынан 61 жаңа жумыс орны жаратылған.
Мәмлекетимиз
басшысы бул жерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў
бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
Бул мәселелерди
шешиў бойынша "Қичқириқ" мәҳәллесинде де айрықша система
енгизилмекте.
Атап айтқанда,
жергиликли пуқара Гулнора Ғайипова гүлалшылық дөгереги ҳәм тоқыў цехын
шөлкемлестирди. Оған мәҳәлледеги жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызлар тартылып,
"устаз-шәкирт" дәстүри тийкарында өнер үйренбекте.
Буннан тысқары,
бул жерде республикамызда бириншилерден болып заманагөй минара типиндеги
автомобиль турыў орны шөлкемлестирилген. Бул сегиз қабатлы имарат лифт принципи
тийкарында ислейди. Орайлық көтергиш автомобильди қабыл етип, оң ямаса шеп
тәрептеги бос орынға қояды. Нәтийжеде тек ғана бир неше автомобильди
жайластырыў мүмкин болған киши жер майданында бир ўақыттың өзинде 16 ға шекем
автомобильди сақлаў имканияты жаратылды.
Буннан тысқары,
аймақта мәдений дем алыў, түрли жәмийетлик илажлар өткериў, мәҳәлле халқын
бирлестириў мақсетинде амфитеатр қурылған.
Бул жердеги 2
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде де үлкен
қурылыс-реконструкция жумыслары әмелге асырылды.
Мәмлекетимиз
басшысы усы мәкемелердиң биринде жаратылған шараятлар менен танысып, 441-санлы
бақшаға барды.
Бул мәкеме
1976-жылы қурылған. Ҳәзир оның аймағы әдеўир кеңейтилген. Мәкемениң бос турған
аймағында улыўма қуўатлылығы 450 орынлық 2 жаңа имарат қурылды. Нәтийжеде
бақшаның улыўма қуўатлылығы 835 орынға жеткерилди.
Мәкемеде
балалардың саламатлығына айрықша итибар қаратылмақта. Иммунитетти беккемлеў,
дем алыў жоллары кеселликлериниң алдын алыў мақсетинде бул жерде арнаўлы дуз
бөлмеси шөлкемлестирилген.
Буннан тысқары,
балаларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде инглис тили, ментал
арифметика, сүўретлеў көркем өнери, музыка, көркем гимнастика, шахмат ҳәм таэквондо
бойынша қосымша дөгереклер шөлкемлестирилген.
Президентимизге
"Ойнаў арқалы өзбек тилин үйренемиз" арнаўлы интерактив
платформасының имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бул арнаўлы
интерактив платформа балалардың қызықлы ойынлар ҳәм санлы технологиялар арқалы
мәмлекетлик тилди аңсат өзлестириўи ушын кең имканиятлар жаратады. Сондай-ақ,
платформадан балаларда еркин пикирлеў, турмыслық көнликпелерди қәлиплестириў,
ҳәр қыйлы кәсиплер менен танысыў мақсетинде пайдаланыў мүмкин.
Сондай-ақ,
балалар бақшасында шөлкемлестирилген жол ҳәрекети қәўипсизлиги дөгерегиниң
жумысы менен танысты. Бундай дөгереклерди басқа мектепке шекемги билимлендириў
мәкемелеринде де ғалаба ен жайдырыў, балаларға бақша жасынан баслап жолларда
қәўипсиз жүриў мәдениятын сиңдириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.