Қырғызстанда Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан халықаралық темир жолының пүткил узынлығы бойлап толық көлемдеги қурылыс жумыслары рәсмий басланды

    2 шілде 2025 1985

    Өзбекстан Транспорт министри Илҳом Маҳкамов басшылығындағы делегациясы усы жылдың 30-июнь күни Қырғыз Республикасының Жалалабад ўәлаятына барып, Ферғана ҳәм Қўш-Добо туннеллериниң қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.

    Бул ҳаққында Министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

    Атап өтилиўинше, бул туннеллер "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолы қурылысының тийкарғы имаратлары болып есапланады. Ҳәрбир тоннелдиң узынлығы 12 км ден асады.

    Сондай-ақ, жумысшы топар "Макмал" темир жол станциясының орнында қурылысы режелестирилген жаңа станцияның жойбары ҳәм қурылыс майданы және Жаңа Жалалабад темир жол станциясының қурылыс жойбары менен жақыннан танысты.

    Еслетип өтемиз, 30-июнь күни Қырғызстанда Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан халықаралық темир жолының пүткил узынлығы бойлап толық көлемдеги қурылыс жумыслары рәсмий түрде басланды. Бул жойбар ең қурамалы инженерлик объектлеринен бири болып есапланып, темир жоллардың 40 процентке шамаласы туннель ҳәм көпирлер арқалы өтеди.

    Сондай-ақ, министр И.Маҳкамов Қырғызстан Транспорт ҳәм коммуникациялар министриниң орынбасары А.Турғунбаев, "Қырғыз темир жолы" Миллий компаниясы Бас директорының орынбасары Н.Арапбаев, "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жол компаниясының бас директоры Чжоу Цин ҳәм ЭПС жумысты бөлип алып ислеўши шөлкеминиң бас директоры Чжан Эй Тао қатнасыўында қурылыс процесиниң барысын додалап, тийисли мәселелер бойынша пикир алысты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates