Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Аўыл хожалығы егислик майданларының өнимдарлығын арттырыў, тармаққа инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында"ғы пәрманы (ПП-18-санлы, 03.02.2025-ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ажыратыўда, тәжирийбе-сынақ тәризинде, ижараға алыўшылардың еркинлиги ҳәм жоқары қосымша қунға ийе егинлер жетистириўге тийкарланған жаңа система жаратылады.
Жаңа система шеңберинде:
жер участкалары контурлардың пүтинлигин ҳәм суўғарыў системасын бузбаған ҳалда 3 гектардан 50 гектарға шекемги болған өлшемлерде “E-auksion” да саўдаларға шығарылады;
электрон онлайн аукцион саўдаларында жасаў орнына, шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине, басқа жер участкасы бар ямаса жоқлығына қарамастан, барлық физикалық ҳәм юридикалық шахслар (резидентлер), соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханалар қатнасыўы мүмкин.
Жаңа система шеңберинде электрон онлайн аукцион жеңимпазы - ижарашы Жер кодексинде белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлемелер менен бирге төмендеги ҳуқықларға ийе болады, соның ишинде:
жер участкасынан 49 жыл ижара ҳуқықы тийкарында пайдаланыў;
аўыл хожалығы егинлериниң түрлерин, сортларын ҳәм көлемлерин еркин түрде белгилеў;
жер участкасын екилемши ижараға бериў;
атыз шетинде 20 сотихтан көп болмаған, аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши объектлерди жайластырыў.









