Аўыл хожалығы саласында санлы технологиялар енгизиледи

    22 тамыз 2025 858

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Аўыл хожалығы тараўына заманагөй технологияларды енгизиўди буннан былай да жеделлестириў арқалы нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди.

    Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

    • аўыл хожалығында пайдаланылатуғын 4 млн гектардан аслам жер майданларында егинлерди егиў ҳәм суўғарыў процесслерин санластырыў;
    • аўыл хожалығы тараўында енгизилген 30 дан аслам мәлимлеме системаларын "бир ноқат"қа бирлестириў арқалы пайдаланыўшылар ушын қолайлықлар жаратыў және мағлыўматлардың өз-ара муўапықлығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў.

    2026-жыл өниминен баслап аўыл хожалығы шөлкемлери өзлерине тийисли жер участкаларына егиў режелестирилген аўыл хожалығы егинлери ҳаққындағы мағлыўматларды "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграциялық платформасына (Агропортал) еркин жайластырып барады.

    Агропортал аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши, ислеп шығарыўшы ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлер ушын тараўда хызмет көрсетиўдиң "бирден-бир ноқаты" сыпатында тән алынады.