Сөйлесиўлер ўақтында биргеликте әмелге асырылып атырған Мәлимлеме орайын қурыў процесслери ҳәм маман қәнигелерди таярлаў бойынша пикир алысылды.
Ушырасыўда компания менен биргеликте "жасыл" Мағлыўматлар орайы жойбарының биринши басқышы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикир алысылды.
Жойбарды әмелге асырыў ушын жетерли электр энергиясы тәмийнаты мәселесине айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. «DataVolt» компаниясының бас атқарыўшы директоры бул жойбарда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланылатуғынын мәлим етти.
Соның менен бирге, мағлыўматлар орайларын қурыў арқалы халықаралық ири IT компанияларды Өзбекстанға тартыў бойынша әмелий жумыслар алып барылып атырғаны мәлим етилди.
Буннан тысқары, билимлендириў тараўында санлы шешимлерди жедел раўажландырыў, IT аутсорсинг ҳәм басқа да бағдарларда талантлыларды таярлаў бойынша Саудия Арабстаны ҳәм Жақын Шығыста Өзбекстанның IT аутсорсинг потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратылды.
Сондай-ақ, биргеликтеги жойбарларды алға қойыў арқалы дүньяның ири технологиялық компанияларын Өзбекстанға тартыў режелери көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында телекоммуникация тараўында жойбарларды әмелге асырыў перспективаларына итибар қаратылды, деп хабар береди "Дунё" ХА.