Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Аўыл хожалығы тараўына заманагөй технологияларды енгизиўди буннан былай да жеделлестириў арқалы нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, аўыл хожалығы шөлкемлерине робототехника, дрон ҳәм басқа да қурылмалар жәрдеминде хызметлер көрсетиледи.
Дрон хызметлеринен пайдаланыў ушын Агропортал арқалы арза бериў, шәртнамалар дүзиў ҳәм төлемлерди әмелге асырыў имканияты жаратылады.
Агропортал арқалы ушыў бийиклиги 30 метрге шекем болған дронлар жәрдеминде көрсетилетуғын хызметлер ўәкилликли уйымлар менен келисилген аймақларда олардың жыллық рухсатнамалары тийкарында усынылады.
Сондай-ақ, Агропорталда төмендеги хызмет түрлери енгизиледи:
2025-жыл 1-декабрьден екилемши ижараға берилетуғын жерлерди белгилеў, ижара шәртнамасын дүзиў, мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм төлемлерди әмелге асырыў;
2026-жыл 1-марттан аўыл хожалығы жерлериниң категориясын өзгертиў бойынша арзалар бериў, олардың жағдайын онлайн бақлап барыў ҳәм нәтийжелерин усыныў.