Аўыл хожалығы тармағы ушын хызметлер сапасы жақсыланбақта

    Сиясат 2 желтоқсан 2025 677

    Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятына сапары шеңберинде Шараф Рашидов районындағы "Агромарказ" аўыл хожалығы кәрханалары комплексинде де болды.

    Елимизде аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде бул тараўдың имканиятлары кеңейип, зүрәәтлиликти арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта. Аймақларда агроорайлар шөлкемлестирилип, фермер ҳәм дийқанларға комплексли хызметлер көрсетилмекте.

    Бундай орай Жиззақ ўәлаятының Шараф Рашидов районында да жумыс баслады.

    Орайда өсимликлерди қорғаў лабораториясы, ветеринария дәриханасы, агроном мәсләҳәтлери, туқым ҳәм нәл жеткерип бериў, шаңарақларда ыссыхана қурыў, мини техника сатыў ҳәм сервис хызмети сыяқлы хызметлер көрсетиледи.

    Бул жерде барлық аўыл хожалығы хызметлери "бир айна" принципи тийкарында шөлкемлестирилген. Бир гектар майданды ийелеген орайдың биринши қабатында өсимликлерди қорғаў ҳәм туқымгершилик қураллары дүканлары, ветаптек, агромаркет, мобил бригадалар ҳәм және 8 хызмет бөлмеси жайласқан.

    Өсимликлерди қорғаў лабораториясы екинши қабатта жайласқан. Буннан тысқары, бул жерде топырақ ҳәм суў анализи ханасы, энтомология ҳәм фитопатология ханалары шөлкемлестирилген.

    Комплекс аймағында ўәлаят аўыл хожалығы басқармасы, Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң бөлимлери, агроинспекция, туқымгершилик орайы, қаракөлшилик ассоциациясы ҳәм аўыл хожалығы тараўына хызмет көрсететуғын басқа да шөлкемлер жайласқан.

    Мәмлекетимиз басшысы агроорайдың жумысы менен танысып, оның жумысын буннан былай да кеңейтиў, хызмет түрлерин көбейтиў, аўыл хожалығында қосымша қун жаратыў бойынша усыныслар берди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates