Соның ишинде, "А" топарында 10-тур шеңберинде өткерилген ойында Өзбекстан Қатарды 3:0 есабында жеңди. Қырғызстан БАӘ менен 1:1 ойнаған болса, Иран - КХДР беллесиўи 3:0 есабында жуўмақланды. Усы нәтийжелерден соң, топарда Иран 23 очко менен биринши орында қалды. Өзбекстан сайланды командасы болса 21 очко топлады. Усы тәризде, бул командалар Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Сондай-ақ, БАӘ сайланды командасы 15 очко менен үшинши орынды ийеледи. Қатар 13 очко менен 4-орында турып, мундиалға қарай гүрести және бир сайлап алыў арқалы даўам еттиретуғын болды. Қырғызстан 8, КХДР 3 очко менен кейинги орыннан орын алды ҳәм бул ретки мундиал менен хошласып қалды.

"Б" топарында Қубла Корея - Кувейт 4:0, Иордания - Ирак 0:1, Палестина - Оман 1:1 сыяқлы нәтийжелер дизимге алынды.

Нәтийжеде Қубла Корея 22 очко менен жетекши сыпатында, Иордания екинши орын менен Жәҳән чемпионатына шықты. Ирақ 15, Оман 11 очко менен 3-4-орынларда дизимге алынды ҳәм 4-сайлап алыў басқышына өтти. Палестина 10, Кувейт болса 5 очко менен ақырғы орында қалды.

Саралаўдың "С" топарындағы 10-тур ушырасыўларында төмендеги нәтийжелер атап өтилди:

Япония - Индонезия 6:0,

Саудия Арабстаны - Австралия 1:2,

Қытай - Бахрейн 1:0.

Солай етип, бул топарда Япония 23 очко менен анық жетекши екенин дәлилледи. Австралия 19 очко менен екинши орында дизимге алынды ҳәм бул командалар мундиалға жол алды. Саудия Арабстаны 13, Индонезия 12 очко менен 3 ҳәм 4-орынларда қалды ҳәм 4-саралаў басқышына жоллама алды. Күтилгениндей, Қытай 9, Бахрейн 6 очко менен топар аутсайдери сыпатында Жәҳән чемпионатына шығыў имканиятынан айырылды.

Мағлыўмат орнында: Азия регионында Жәҳән чемпионаты сайлап алыўының үшинши басқышында 18 команда 3 топарға бөлинди ҳәм ҳәр бир топардан 2 ең күшли сайланды командалар - Өзбекстан, Иран, Япония, Қубла Корея, Австралия, Иордания тиккелей "ЖЧ-2026" жолламасын қолға киргизди.

Бул басқышта 3-ҳәм 4-орынды ийелеген 6 ең жақсы команда - БАӘ, Қатар, Саудия Арабстаны, Индонезия, Ирақ ҳәм Оман 4-басқышта гүрести даўам еттиреди.

4-басқышта 6 команда 2 топарда жәҳән чемпионатының еки жолламасы ушын гүреседи. Топардың жетекшилери мундиалға жол алса, 2-орынды ийелеген сайланды командалар өз-ара беллеседи ҳәм жеңимпаз команда континентлераралық плей-офф басқышында ақырғы билет ушын қатнасады.