Қабулда трансаўған темир жолы бойынша әҳмийетли тарийхый келисимге қол қойылды

    Усы жылдың 17-июль күни Аўғанстан пайтахты Қабул қаласында "Термиз - Найбабад - Майданшаҳр - Логар - Харлачи" жөнелиси бойынша техникалық-экономикалық тийкар (ТЭТ) ды ислеп шығыў бойынша Ҳүкиметлераралық шеңбериндеги келисимге қол қойылды.

    Бул жойбардың глобаллық көлемдеги геосиясий әҳмийетин, сондай-ақ, Трансаўған транспорт коридорын қәлиплестириўде Өзбекстан тәрепинен билдирилген басламаны есапқа алған ҳалда, бул Келисимге қол қойыў мәресими Қабул қаласында өткерилди.

    Ҳүжжеттиң қол қойылыўы, бәринен бурын, жойбардың тезирек әмелге асырылыўына, Евроазия бирден-бир транспорт орайын жаратыўға ҳәм мәмлекетлер арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириўге хызмет етеди.

    Еслетип өтемиз, усы жылдың февраль айында Өзбекстан Республикасы ҳәм Пакистан Ислам Республикасы мәмлекет басшылары ушырасыўының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер тийкарында, Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан темир жол экспертлери тәрепинен "Термиз - Найбабад - Майданшаҳр - Логар - Харлачи" темир жол линиясы бойынша техникалық-экономикалық тийкарды ислеп шығыў бойынша үш тәреплеме Ҳүкиметлераралық шеңбериндеги келисим жойбары ислеп шығылған еди.

    Усы жойбар шеңберинде бүгинги күнге шекем қатнасыўшы мәмлекетлер тәрепинен ишки муўапықластырыў тәртип-қағыйдалары өткерилди, үш мәмлекеттиң темир жол ҳәкимшиликлери арасында видеоконференция түринде бир қатар ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

    Қол қойылған Келисимге бола, жойбар бойынша ТЭТ ислеп шығыўға байланыслы барлық жумыслардың буйыртпашысы сыпатында 2023-жыл май айында шөлкемлестирилген бас үш тәреплеме Жойбарлар офиси - "Өзбекстан темир жоллары" АЖ жанындағы Халықаралық санлы транспорт коридорларын раўажландырыў стратегиясы жойбарлар офиси белгиленген. Бул офистиң Қабул ҳәм Исламабад қалаларында филиаллары бар.

    Мағлыўмат ушын: 2023-жыл 18-июль күни Исламабад қаласында үш қатнасыўшы мәмлекет ўәкиллери тәрепинен "Өзбекстан - Аўғанстан - Пакистан" темир жол линиясының соңғы жөнелиси - "Термиз - Найбабад - Майданшаҳр - Логар - Харлачи" келисип алынған. Сол жылы "Боштранслойиҳа" АЖ ҳәм "E&Y" (үлкен төртликке кириўши халықаралық компания) менен биргеликте жойбардың дәслепки техникалық-экономикалық тийкарлаў ҳүжжети ислеп шығылған.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates