Қәўипти басқарыў системасы

    Шегарадан өтиўде автотранспорт қураллары ушын "жасыл" ҳәм "қызыл" жоллар ашылады

    Усы жыл 1-майдан баслап ветеринария ҳәм фитосанитария тараўында сыртқы саўда жүклерине тийисли ҳәр қандай ҳүжжетлерге мөр ҳәм штамп қойыў және оларды жазба түрде дизимге алыў әмелияты бийкар етиледи.

    Бул жаңа тәртип мәмлекетимиз басшысының усы жыл 25-марттағы "Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында әмелиятқа енгизилмекте.

    Бүгинги қыйын геоэкономикалық шараятта регионаллық ҳәм халықаралық экономикалық байланысларды жақсылаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў, саўданы раўажландырыўда бажыхана системасының орны, яғный қай дәрежеде заманға сай екенлиги айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Усы тенденциядан келип шығып, елимизде бажыхана тараўы басқышпа-басқыш жетилистирилмекте.

    Атап айтқанда, соңғы жыллары онға шамалас мәмлекет пенен алдыннан мәлимлеме алмасыўы жолға қойылды. 4 ири бажыхана постында терминаллар қурылды, 20 дан асламы жаңа үскенелер менен тәмийинленди. Исбилерменлер ушын 35 мәлимлеме системасы енгизилип, экспорт процеси 9 басқыштан 3 басқышқа түсирилди.

    Нәтийжеде шегара арқалы транспорт ҳәрекети 8 есеге көбейип, дерлик 5 миллионға жетти. Бюджетке түсим 9 есеге өсип, 2024-жылы 63 триллион сумнан артты. Жүклерди рәсмийлестириў ўақты импортта 3 саат, экспортта 20 минутқа шекем қысқарды. Халықаралық логистика рейтингинде бажыхана көрсеткиши бойынша Өзбекстан 140-орыннан 74-орынға көтерилди.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясында Өзбекстан Республикасының глобал транспорт-логистика тармақларына интеграциясын тереңлестириў ҳәм миллий транспорт системасының потенциалын арттырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылған.

    Усы мақсетте мәмлекетимизде транспорт-логистика системасын жедел раўажландырыў, транспорт инфраструктурасын жақсылаўға инвестицияларды тартыў, жүк тасыў базарында саламат бәсеки орталығын жаратыў бағдарында бир қатар избе-из илажлар көрилип келинбекте.

    - Бул пәрманда миллий нызамшылығымызды ЖСШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң стандартларына муўапықластырыў жумысларын жуўмақлаў, миллий бажыхана имиджин және де жақсылаў, бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, бажыхана уйымлары ушын жаңа әўлад кадрларын таярлаў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген, - дейди Бажыхана комитети баслығының биринши орынбасары Ғайрат Носиров. - Атап айтқанда, 2030-жылға шекем Жәҳән банкиниң "Логистика нәтийжелилиги" индексинде (LPI) бажыхана рәсмийлестириўи нәтийжелилиги көрсеткиши бойынша Өзбекстанның орнын 55-орыннан төмен болмаған дәрежеге көтериў, кейинги жылға шекем декларацияларды инсан факторысыз рәсмийлестириў үлесин 2 есеге арттырыў мақсет етилмекте.

    Сондай-ақ, 2028-жылға шекем бажыхана тексериўин 21 проценттен 15 процентке түсириў, 2030-жылға шекем жасалма интеллект элементлеринен пайдаланған ҳалда қәўипти басқарыў системасының нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў да гезектеги әҳмийетли ўазыйпалардан.

    Бүгин дүньядағы барлық бажыхана ҳәкимшилигиниң 60 проценттен асламы жумысына жасалма интеллектти енгизиўге ҳәрекет етпекте. Себеби оннан пайдаланыў операцияларды тезлестириў, қәтелерди азайтыў ҳәм саўда процесиниң еркин әмелге асыўына жәрдем береди.

    Атап өтилгениндей, пәрманға бола 2025-жыл 1-майдан баслап ветеринария ҳәм фитосанитария тараўында сыртқы саўда жүклерине тийисли ҳәр қандай ҳүжжетлерге мөр ҳәм штамп қойыў және оларды жазба түрде дизимге алыў әмелияты бийкар етиледи, барлық тәртип-қағыйда электрон түрде тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады.

    Бул, өз гезегинде, сыртқы жумыс қатнасыўшылары ушын үлкен имканият жаратады. Биринши гезекте, процесске сарыпланатуғын ўақыт қысқарады. Қалаберди, инсан факторы менен қолда исленетуғын әмелияттан ўаз кешилип, санластырыў көлеми кеңейеди.

    Соның менен бирге, 1-сентябрьден баслап исбилерменлик субъектлерине бажыхана төлемлери ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи ушын басқа түрдеги төлемлерди мәмлекеттиң қәлеген аймағынан әмелге асырыў имканияты жаратылады. Буның ушын бирден-бир ғазна есап бети ашылады.

    2025-жыл 1-ноябрьден баслап өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде жолаўшы бажыхана декларациясының мобил қосымшасы иске қосылады. 1-декабрьден баслап болса бажыхана аймағында ямаса оннан тысқарыда қайта ислеў режимлеринде бажыхана жүк декларацияларын әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестириў имканиятын беретуғын "Толлинг операциялары" модули әмелиятқа енгизиледи.

    - "Толлинг операциялары" модули биз ушын жүдә үлкен қолайлық, - дейди исбилермен Даврон Дадахонов. - Бул саўда операцияларын жеделлестириў, қайта ислеўге нийет еткен өнимимизди экспорт базарына жедел алып шығыў имканиятын береди. Мәселен, елимизде жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери экспорт етилип болынғаннан кейин қоңсы мәмлекетлер өнимин импорт етип, оны қайта ислеп экспорт етиў ушын бул система айрықша әҳмийетке ийе. Пәрманда биз, исбилерменлер ушын бир қатар қолайлық ҳәм жеңилликлер белгиленгени келешекте жумысымызды буннан былай да кеңейтиў, ең тийкарғысы, жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм нәтийжеде экономикамыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға хошамет береди.

    Усы жыл 1-июльден баслап Жәҳән саўда шөлкеминиң Саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў келисиминиң талаплары тийкарында товарларға жеңилликлер қолланыў бойынша бажыхана уйымларының дәслепки қарарларын бериў тәртиби енгизиледи. 1-сентябрьден болса "Ғишткўприк", "Зангиота" ҳәм "Дауыт-ата" өткериў пунктлеринде сынақ тәризинде автотранспорт қураллары ушын еки - "жасыл жол" ҳәм "қызыл жол" қәўиплерди басқарыў принциплерине тийкарланған мәмлекетлик қадағалаў тәртибин қолланыў әмелияты жолға қойылады.

    Сынақ нәтийжелеринен келип шығып, бул әмелият келеси жылы 1-сентябрьден баслап басқышпа-басқыш автомобиль жолы өткериў пунктлеринде енгизиледи.

    Сондай-ақ, Президентимиздиң "Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарары тийкарында 2025-жылы бажыхана тараўын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди. Бажыхана уйымларының шөлкемлестириўшилик структураларының жумысын қысқартыў, тараўға жасалма интеллект технологияларын енгизиў, бажыхана уйымларының мәлимлеме системаларын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў солардың қатарына киреди.

    Бажыхана уйымларындағы штат бирликлери шеңберинде бир қатар жаңа структуралар шөлкемлестириледи. Соның ишинде, "Бас почтамт" сыртқы экономикалық жумыс бажыхана посты негизинде - электрон саўда майданшасы арқалы сатып алынып атырған товарлар ҳәм арнаўлы категориядағы жүклерди бажыхана қадағалаўынан өткериў ҳәм рәсмийлестириўден өткериўге мөлшерленген "Электрон коммерция" сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постының жумысы жолға қойылады.

    Сондай-ақ, "Сырдәрья" шегара бажыхана посты қурамындағы "Оқ олтин" ҳәм "Малик" бажыхана пунктлери негизинде өз алдына "Оқ олтин" ҳәм "Малик" шегара бажыхана постлары және бажыхана уйымларының улыўма шекленген штатлар саны шеңберинде Бажыхана комитети системасында өз алдына юридикалық шахс статусына ийе Бажыхана рәсмийлестириўи орайы шөлкемлестириледи.

    Қарарда тараўға байланыслы көплеген жаңалықлар орын алған. Атап айтқанда, Бажыхана комитети қурамында жасалма интеллект технологияларын енгизиўге қәнигелескен жасалма интеллект технологияларын изертлеў бөлими ашылады.

    Бажыхана институты қурамында мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм бажыхана уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў мәселелерин илимий тийкарда үйрениўге қәнигелескен илимий орай шөлкемлестириледи. 2025/2026-оқыў жылынан баслап бажыхана бағдарында бакалавриатта дуал билимлендириў тийкарында оқытыў жолға қойылады. Магистратурада төлемли-контракт тийкарында билимлендириў мүддети еки жыл болған сыртқы билимлендириў түри енгизиледи.

    2025-жыл 1-майдан шегара арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў механизми жолға қойылады. 1-октябрьден баслап товарларды алып кириў, алып шығыў ҳәм транзит алып өтиў бойынша барлық сертификат, жуўмақ ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер тек ғана "Бир айна" бажыхана мәлимлеме системасы арқалы рәсмийлестириледи.

    Бул ҳүжжетлер бажыхана ҳәкимшилигиниң ашық-айдынлық ҳәм исенимлилик принципине тийкарланған сапа жағынан жаңа система жаратыў, жумысты буннан былай да жетилистириў менен бирге, бажыхана тараўында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates