Нөкис қаласындағы Қутлы қоныс мәкан пуқаралар жыйынында жумыс алып барыўшы өнермент-зергер қыз Биби-Марьям Мырзамбетова әне усындай қарақалпақ ҳаял-қызларының миллий тағыншақларын ҳәм безеў буйымларын таярлаў менен шуғылланбақта.
Сондай-ақ, бисер тоқыў сыяқлы қол өнери менен де шуғылланады. Өзиниң бийтәкирар қол мийнетинен дөреген нәзик ҳәм миллий зергерлик буйымлары арқалы жергиликли қыз-келиншеклердиң кеўил талғамынан орын алып, өзиниң турақлы қарыйдарларын таўып келмекте.
― Зергерлик тараўында өз жумысымды 2021-жылдан басладым. Қол мийнетим арқалы таярлаған өнимлер менен республикамызда шөлкемлестирилген бир қатар көргизбе-ярмаркаларына белсене қатнасып киятырман,-дейди өнермент Б.Мырзамбетова.
Алдағы ўақытта өзимниң жеке брендиме тийкар салып, бул бағдарда жумысларымды еле де раўажландырыў нийетим бар. Саўда-санаат палатасы менен де бирге ислесип, жумысларымды жетилистириў нийетиндемен.
Өнерменттиң қолынан дөреген зергерлик буйымларын көриң ҳәм баҳа бериң.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.


