Нызамлар нормаларының анық ҳәм бирдей қолланылыўы тәмийинленеди

    26 ақпан 2025 1508

    "Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1038-санлы, 25.02.2025-ж.) қабыл етилди.

    Нызам менен Жынаят-процессуаллық кодексине ҳәм "Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызамға Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң жынаят ислери бойынша тергеўди жүргизиў бағдарындағы ўәкилликлерин анықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Бюджет кодекслерине Экономика ҳәм қаржы министрлиги Мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымларының ўәкилликлери Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясына жүклетилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

    Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates