Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги имаратында тайынлаўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновациялар мәселелери комитетиниң баслығы Сейтназаров Бердибек шығып сөйлеп, мәмлекет экономикасының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм қаржы системасын буннан былай да жетилистириў жолында Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған унамлы реформаларды халқымыз турмысында сәўлелендириў әҳмийетли ўазыйпа екенин айрықша атап өтип, жыйналғанларға жаңа министрди таныстырды.