Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ботаника бағлары жаратылады

    8 маусым 2025 879

    Президенттиң тийисли пәрманына бола, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ботаника ямаса дендрология бағлары қурылады.

    Атап өтилиўинше, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәм тоғайларды басқарыў системасында реформаларды избе-из даўам еттириў, жасыл аймақларды кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы пәрманда келтирилиўинше, 2025/26-оқыў жылынан баслап Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) ҳәм оған бириктирилетуғын "жасыл" техникумларда оқыў процеси дуал билимлендириў системасы тийкарында жолға қойылады.

    Илимий-әмелий сабақларды шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ботаника ямаса дендрология бағлары қурылады.

    Сондай-ақ, туқымгершилик, нәл жетистириў, климат өзгериўи тараўларында қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестирилип барылады.