Қарақалпақстанда экологиялық ҳәм туризм мәдениятын арттырыўға қаратылған илаж басланды

    18 сәуір 2025 962

    Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында "Арал туризми" халықаралық ҳәптелиги шеңберинде "Аралбойы жақсы нийет елшилери" халықаралық конференциясы басланды.

    Конференцияда Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бас прокуратура, Туризм комитетиниң ўәкиллери, сондай-ақ, экологияға байланыслы институтлар, билимлендириў мәкемелериниң қәнигелери, сырт елли экспертлер ҳәм басқалар қатнаспақта.

    Конференцияның ашылыўында Экология министри Азиз Абдуҳакимовтың қутлықлаўын министрликтиң бөлим баслығы Заррина Абдуллаева оқып еситтирди.

    "Соңғы жыллары мәмлекет басшысының басламасы менен Аралбойы аймағында бир қанша унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта. Арал теңизиниң қурыған бөлегинде экосистеманы жақсылаў, бар биокөптүрлиликти сақлап қалыў, илимий изертлеўлер ҳәм инновациялардың алдынғы тәжирийбелерин енгизиў, экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў ҳәм сапластырыў ушын системалы инновациялық қатнасларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бүгинги күнниң кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларынан болып есапланады. Конференция нәтийжелери Арал теңизи машқалалары ҳәм оларды илимий тийкарда үйрениў өзиниң унамлы нәтийжесин берип, келешек әўлад ушын әҳмийетли социаллық әҳмийетке ийе болған өзгерислер ушын фактор болады, деп ойлайман", - делинеди қутлықлаўда.

    Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов болса аймақта "жасыл қапламалар" - қорғаў тоғайлықларын жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

    "2018 жыл декабрь айынан баслап Арал теңизиниң суўы қурыған түбинде шөл өсимликлериниң туқымлары ҳәм нәллерин егиў жумыслары әмелге асырылып келинбекте. Соның ишинде, өткен 2018-2024-жылларда жәми 1,8 миллион гектардан аслам майданда сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлеринен ибарат жаңа тоғайлықлар жаратылды ҳәм бул жумысларды әмелге асырыўда 7 мың тоннадан аслам шөл өсимликлери туқымлары егилди", - деди ол.

    Сондай-ақ, Бас прокурордың орынбасары Шерзод Тўхтабоев тараўға байланыслы ҳуқықбузарлықларды сапластырыў бағдарында Экология министрлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.

    "Тереклерди кесиўге жәрияланған мораторий орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған үгит-нәсиятлаў ҳәм қадағалаў илажлары нәтийжесинде бундай қылмыслар саны 2024-жылы 2022-жылға салыстырғанда 3 есеге азайды, -деди Шерзод Тўхтабоев. - Сондай-ақ, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын қорғаў бағдарындағы нызамшылық орынланыўы үстинен қадағалаў илажлары кескин күшейтилип, нәтийжеде браконьерлик жағдайларын анықлаў еки есеге артты".

    Туризм комитети баслығының орынбасары Сардор Ниязов конференция даўамында экологиялық машқалаларды шешиўде жаслар үлкен күш екенин айтып өтти.

    "Биз, әлбетте, жас әўладқа үлкен үмит байлаймыз. Олар тек билимли ҳәм белсенди емес, ал инновациялық көзқарасларға ийе. "Жақсы нийет елшилери" арасындағы жасларымыз - регионның ертеңги жетекшилери, - деди ол. - Арал апатшылығы бүгин биз ушын тек ғана имтихан емес, соның менен бирге бирлесиў ушын да имканият болып есапланады".

    Конференцияда қәнигелер тәрепинен Аралбойында терекзарларды көбейтиў, шорланыўды азайтыў, шөллениўдиң алдын алыў, аймақ халқының турмыс тәризин жақсылаў, бул бағдарда билимлендириўди күшейтиў ҳәм маман кадрлар таярлаў, климат өзгериўи мәселелери сыяқлы әҳмийетли экологиялық жойбарларға итибар қаратылмақта, деп хабар береди Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң баспасөз хызмети.

    Мағлыўмат ушын, ҳәптелик шеңберинде экологиялық ҳәм туризм мәдениятын және де арттырыў мақсетинде бир қатар илажлар режелестирилген. Атап айтқанда, Хожели районында жайласқан әййемги Миздахкан комплекси, Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер ҳәм тарийх музейлери және "Қарақалпақ этно аўыл" туризм орайына экскурсиялар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў акциясы, "10 мың қәдем" жәмийетлик жойбары (пияда жүриў марафоны), "Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар" халықаралық гастрономиялық фестивалы, студентлер арасында бадминтон спорт түри бойынша жарыс ҳәм «Open-air» концерт бағдарламасы шөлкемлестириледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates