Қарақалпақстанда тест сынақлары басланды

    Бүгин, 14-июль күни елимиз бойлап 2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары басланды.

    Нөкис қаласындағы тест сынақлары өткерилетуғын орынлар қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт комплексинде де абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.

    Бул жерде абитуриентлердиң ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылды.

    Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тест сынақлары күнине еки сменада – 1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди.

    Қарақалпақстан Республикасында жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларына улыўма 32 700 ден аслам абитурентлер қатнасыўы күтилип атырған болып, тест сынақлары усы жылдың 22-июль күнине шекем даўам етеди.

    Тест сынақлары толық видеобақлаў арқалы онлайн трансляция етилмекте ҳәм процессти test2025.uz сайты арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    «Янги Ўзбекистон» хабаршысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates