Жаңадан бой тиклеген Қоңырат темир жол вокзалының имаратын кәсиплеслери менен тамашалап, заманагөй усылда бой тиклеген имаратқа узақ ўақыт қарап, өткен дәўирлерин еследи. Көримсиз, ески вокзалда аўыр шараятта жумыс алып баратуғын еди. Енди пүткиллей басқаша көринис. Ҳақыйқатында да Қоңырат районындағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының айқын үлгиси болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмақлары тапсырмалары бойынша 15-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеўде "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийетине "Қоңырат темир жол вокзалы" имаратын жаңадан қурыў ўазыйпасы жүклен еди.
Қысқа дәўир ишинде " Тоштемирйўллойиҳа" ЖШЖ қәнигелери менен биргеликте заманагөй қала қурылысы ҳәм архитектура талапларына муўапық, Қоңырат темир жол вокзалы имаратының жойбары ислеп шығылып, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ тәрепинен табыслы әмелге асырылды.
Жәмийеттиң өз қаржылары есабынан 12,5 миллиард сум жумсалып қурылған бул заманагөй темир жол вокзалы бүгин пайдаланыўға тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ Бас инженери - Бас менеджери Шарофитдин Қодиров, сондай-ақ, Қоңырат районының мийнет белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер, Президентимиздиң халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлериниң сапасын буннан былай да жақсылаў, темир жол системасында жолаўшыларға ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде қабыл етилген қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанын айрықша атап өтти.
- Қоңырат темир жол вокзалы өткен әсирдиң орталарында, яғный, 1955-жылы қурылған болып, бир ўақыттың өзинде 50 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болған. Улыўма пайдаланыўдағы майданы 460 м2 болған бул вокзалда жолаўшыларға сапалы сервис хызмети көрсетиў имканияты жоқ еди, - дейди Қоңырат темир жол вокзалының баслығы Камалатдин Акимов. - Журтбасшымыздың басламалары менен ески вокзал орнында қурылған бул жаңа ҳәм заманагөй комплекстиң улыўма пайдаланыўдағы майданы 820 м2 ди қурап, 22 ханадан ибарат. Жаңа вокзалдың өзинде енди бир ўақыттың өзинде жәми 150 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты жаратылды. Бул болса алдынғыға қарағанда үш есе көп дегени.
Вокзал имаратының биринши қабатында темиржолшылар ҳәм ишки ислер хызметкерлериниң хызмет ханалары, күтиў залы, депутатлар ханасы, ана ҳәм бала ханасы, санитариялық қадағалаў, тез медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм аўыр наўқаслар ўақтынша дем алыў ханалары, буфет, саўда шақапшасы, ҳаял-қызлар, ер адамлар ҳәм майыплар ушын арнаўлы ҳәжетханалар жайласқан. Вокзалдың екинши қабатында болса, барлық қолайлықларға ийе, заманагөй үскенелер менен тәмийинленген мийманхана ҳәм аўқатланыў ханасы бар. Мийманхана жәми 7 ханадан ибарат болып, 17 адамға хызмет көрсетеди.
- Мен темир жол тараўында 28 жылдан берли ислеп келмектемен. Бирақ, бүгинги сыяқлы шараят шынында бурын улыўма болмаған, - дейди Қоңырат темир жол вокзалының нәўбешиси Аширбай Сейтжанов. - Тийкарынан биз Қоңырат-Ташкент, Қоңырат-Әндижан, Волгаград-Ташкент, Манғыстаў-Нөкис, сондай-ақ, Душанбе-Волгаград, Хожакент-Волгаград жөнелисиндеги жолаўшы поездларға хызмет көрсетемиз.
Қысқаша етип айтқанда, Қоңырат темир жол вокзалының пайдаланыўға тапсырылыўы Жаңа жыл байрамы алдында қарақалпақстанлы ўатанласларымызға, қалаберсе, усы диярға келетуғын мийманларға әжайып саўға болды.
Минажатдин Қутлымуратов,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы