Илажда район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов қатнасып, балаларды Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады. Соның менен бирге, мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында жас әўладтың тәлим-тәрбиясы жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Илаж даўамында Жаңа жылды асығыслық пенен күтип атырған, үлкен арзыў-нийетлер менен жасап атырған балаларға Президент саўғалары тапсырылды.

Президентимиздиң Жаңа жыл саўғасы балаларға шексиз қуўаныш бағышлап, олардың ядында бир өмирге мөрленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.