Қазақстандағы колледжлерге сырт елли менеджерлер тартылады

    ҚР Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық министри Ғани Бейсембаев Ҳүкимет мәжилисинде мәмлекеттеги 10 колледж халықаралық көлемде шөлкемлестирилетуғынын мәлим етти.

    "Жумысшы кәсиплер жылында мәмлекетимиздиң 10 колледжин халықаралықластырыў режелестирилген. Оның тийкарғы мақсети - Қазақстан колледжлериниң дүнья көлеминде бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм билимлендириў бағдарламаларының халықаралық стандартларға муўапықлығын тәмийинлеўден ибарат. Менеджменттиң ең жақсы халықаралық тәжирийбелерин енгизиў ушын сырт елли менеджерлерди тартыў арқалы колледжлерди басқарыўдың алдынғы глобал моделлерин енгизиў әмелге асырылмақта", - деди ол.

    Оның атап өтиўинше, бул жумыслар шеңберинде оқытыўшылар сырт ел колледжлери менен тәжирийбе алмасып, өзлериниң кәсиплик дәрежелерин арттырады. Оқыўшылар болса атап өтилген билимлендириў мәкемелеринде академиялық ҳәрекетшеңлик тәртиби бойынша өз билимлерин жетилистирип барады, деп хабар береди Казинформ.

    "Нәтийжеде колледжлердиң бәсекиге шыдамлылығы артып, билимлендириўдиң сапасы халықаралық дәрежеге көтериледи", - дейди Ғани Бейсембаев.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates