Өзбекстан жетекшиси Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасып, онда әҳмийетли басламаларды алға қойды ҳәм шөлкем шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.
Сондай-ақ, Президентимиз Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен биргеликте Өзбекстан тәрепи қурған мешитке барды, делегациялардың басшылары менен биргеликте Түркстан қаласындағы тарийхый-мәдений объектлер менен танысты.
Саммит шеңберинде Өзбекстан басшысы Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаров пенен де ушырасыўлар өткерди.