5-10-январь күнлери болып өткен сапар шеңберинде мийманлар Мойнақ, Нөкис ҳәм Хийўа қалаларының әҳмийетли мәдений ҳәм тарийхый естеликлерине барды. Сондай-ақ, "Миздаҳкан" архитектуралық-тарийхый комплекси менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.
Инфотур қатнасыўшыларының сөзлерине бола, саяхат оларда үлкен тәсир қалдырды. Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятына сапар етиў даўамында тур қатнасыўшылары аймақлардың мәденияты, миллий тағамлары, жергиликли халықтың миймандослығы ҳәм мәмлекетимиздиң туризм потенциалы менен танысты, деп хабар береди "Дунё".