Сапар даўамында қытайлы исбилерменлер менен еки тәреплеме бирге ислесиў бағдарларын додалаў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша әҳмийетли келисимлерди әмелге асырыў гөзленген. Атап айтқанда, ушырасыўларда энергетика, санаат, аўыл хожалығы, технология ҳәм инновациялар тараўларында республикамызға инвестиция киргизиў бойынша келисимлер көрип шығылмақта.
Өз-ара ушырасыўлар барысында Қытай Халық Республикасы исбилерменлери Өзбекстандағы инвестициялық орталық ҳәм экономикалық реформаларға жоқары баҳа берип, олар өзлери менен бирге заманагөй технологиялар, қаржы ресурслары ҳәм халықаралық тәжирийбе алып келиўге таяр екенин билдирди.
Ушырасыўлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.