Қураллы күшлеримиздиң күш қүдиретин және де арттырыў, ондағы жаратылып атырған имканиятларды кеңейтиў ҳәм жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша жақсы нәтийжелерге ерисилмекте.
Ўатансүйиўшилик айлығы шеңберинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районы бөлими «Нураний қоры» ҳәм әскерий бөлим әскерлери менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм «14-январь-Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен райондағы 4-санлы мектепте «Халық ҳәм армия бир тән-бир жан!» атамасында илаж болып өтти. Онда соңғы жылларда миллий армиямызда әмелге асырылған реформалар ҳаққында баянатлар тыңланып, жасларды ўатансүйиўшилике шақырыў бойынша кең түрде сөз етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.