Оған бола, Ҳүкиметтиң айырым қарарларына қурылыс объектлеринде ямаса өндирис (хызмет көрсетиў) кәрханаларында ислеў мақсетинде келген ҳәм усы объектлердиң жасаў ушын бейимлестирилген орынларында жасап, мийнет пенен шуғылланып атырған шахсларды усы қурылыс объектлерине ямаса өндирис (хызмет көрсетиў) кәрханаларына ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыў тәртибин нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги бундай шахслар ушын зәрүр шараятлар жаратылғанлығы, техника қәўипсизлиги, өрт қәўипсизлиги, санитариялық-эпидемиологиялық режим талапларына қатаң әмел етилиўи турақлы қадағалап барылыўын тәмийинлейди.