Конгресс Түркия Санаат ҳәм технологиялар министрлиги, Түркия Космос агентлиги (TUA) ҳәм САҲА Истанбул авиация-космослық кластери менен биргеликте шөлкемлестирилип, глобал космослық жәмийетшиликти бирлестиретуғын биринши мәрте Түркияда болып өтеди. Илаж Түркияның ең ири конференция комплекслеринен бири – “NEST” Конгресс орайында өткериледи.

Ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келетуғын астронавтлар, халықаралық компаниялардың ўәкиллери ҳәм 10 мыңнан аслам қатнасыўшыны жәмлейтуғын “IAC 2026” космос тараўындағы илимий қолланбалар, өнимлер ҳәм алдынғы технологияларды көрсетиў ушын әҳмийетли майдан болады. Конгресс бағдарламасынан тәжирийбе алмасыў ҳәм космослық санаат келешегин додалаўға қаратылған сессиялар, халықаралық көргизбелер, жоқары дәрежедеги рәсмий ушырасыўлар, компаниялардың презентациялары, академиялық ҳәм техникалық мәжилислер, сондай-ақ, тараўдағы ең алдынғы жетискенликлер көргизбеси орын алған.

Конгресс Түркияның бай мәдений мийрасы ҳәм миймандослық дәстүрлерин сәўлелендиретуғын салтанатлы ашылыў мәресими менен басланады. Илаж даўамында астронавтлар, әсиресе, студентлер ҳәм жас қәнигелер менен ушырасып, космослық пәрўаз ҳаққындағы тиккелей тәсирлерин бөлиседи. Конгресс бағдарламасының ең жарқын ўақыяларынан бири болса әййемги Аспендос театрында өткерилетуғын “IAC 2026” гала кешеси ҳәм зыяпаты болады.

Конгресс "Дүньяға көбирек космос керек" сүрени астында өткериледи. Бул сүрен космосты турақлы ҳәм әдиллик тәризде үйрениўге шақырады ҳәм космосты қәўипсиз ҳәм ҳәммеге ашық тәризде изертлеў, сақлаў зәрүрлигин атап өтеди. Сондай-ақ, ол космостың тынышлық мәканы болып қалыўын тәмийинлеўге қаратылған глобаллық бирге ислесиўди күшейтиўге шақырады. Бундай бирге ислесиў космослық имканиятлардан барлық мәмлекетлер теңдей пайдаланыўы ҳәм космослық мәкан келешек әўладлар ушын қәстерлеп сақланыўын нәзерде тутады.

“Turquoise” менен танысың: “IAC 2026” маскоты

IAC 2026” конгрессиниң рәсмий маскоты Анталияның тынық ҳәм көк суўларынан илҳамланған “Turquoise” атлы Саретта саретта теңиз тасбақасы болып табылады. Бул тасбақалар Жер Орта теңизиниң ең белгили ҳайўанларынан болып, олар Анталиядағы, соның ишинде, Белектеги бир қатар жағалықларда мәйек қояды.

Саретта саретта тасбақалары Түркия жағаларынан мыңлап километр аралықты басып өтип, мәйек қойыў ушын өзлери туўылған Анталия жағаларына қайтады. Олардың ашылыўға умтылыўы адамзаттың космосқа жолын сәўлелендирсе, өз үйине қайтыўы Жер бизиң ҳақыйқый үйимиз екенлигин еслетеди. Сол себепли “Turquoise” тек ғана символ емес, ал Анталия ҳәм космос тараўы ушын әҳмийетли тымсал есапланады.

Анталия: Туркияның туризм ҳәм илажлар орайы

Анталия сулыў пляжлары, әййемги қалалары, қызғын гастрономиялық орталығы ҳәм ҳәр қыйлы спорт имканиятлары менен ажыралып турады. Бирақ қаланың потенциалы туризм менен шекленбейди. Астрономия ҳәм аэрокосмослық инженерлик сыяқлы бағдарларда жумыс алып барып атырған университетлер ҳәм илимий-изертлеў орайлары Анталияны илим, технология ҳәм халықаралық бирге ислесиў ушын да әҳмийетли орынға айландырмақта.

Ҳаўа, қурғақлық ҳәм теңиз арқалы қолайлы жетип барылатуғын Анталияда көплеген люкс мийманханалар және улыўма сыйымлылығы 175 мыңнан аслам болған конгресс ҳәм конференция орынлары бар. Қаланың бул потенциалы қатнасыўшыларға конференция залында да, оннан тысқарыда да мазмунлы ҳәм умытылмас ўақыт өткериў имканиятын береди.