Қурылыс жумысларының барысы қатаң қадағалаўда

    24 маусым 2025 203

    Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў, соннан, турақ жайлар менен тәмийинлеў, қала ҳәм районлардың инфраструктурасын жақсылаў, абаданластырыў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларға тийкарланып, бүгинги күнде бир қатар қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.

    Бир неше объектлерде усындай ўазыйпалардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы, техникалық қадағалаў жумыслары “Nukus city» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта.

    – Жәмийетимиз тәрепинен 2025-жылдың 20-июнь жағдайына 20 объектте техникалық қадағалаў жумыслары алып барылмақта,-дейди “Nukus city” ЖШЖ баслығы Қ.Хилалов.

    Соннан, Нөкис қаласында 10466 квартиралы турақ жай ҳәм Балалар емлеўханасы, Әмиўдәрья районындағы “Жаңа Өзбекстан” массивинде 320 квартиралы 8 турақ жайды ҳәм Хожели районында “Жаслар орайы”н қурыў жумыслары алып барылмақта.

    Атап айтқанда, Хожели районындағы “Жаслар орайы” жойбары бойынша. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-августтағы ПФ-129-санлы пәрманының 9-бәнтиниң орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасында Жаслар социаллық-экономикалық орайын шөлкемлестириў бойынша Президент қарарының жойбары ислеп шығылып, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2024-жыл 19-20-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар бойынша 36-санлы баянламасының 42б-бәнтиндеги тапсырмаға тийкарланып ислеп шығылған қарар жойбары жетилистирилди.

    Жойбар 16 министрлик ҳәм уйымлар менен келисилген.

    Бүгинги күнде ислеп шығылған усы қарар жойбары ҳуқықый экспертизадан өткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине киргизилмекте.

    Сондай-ақ, Қытай Халық Республикасының “CSADI” компаниясы тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Атап айтқанда, бүгинги күнде орайдың штаб қурылыс жумыслары басланды ҳәм бетон алыў жумысларына таяр жағдайға келтирилди. Штаб қурылыс жумысларында 2 техника ҳәм 5 жумысшы жумыс алып бармақта.

    Нөкис қаласындағы “Шымбай гүзары” мәҳәллеси аймағында да турақ жайлар қурылмақта. Аукцион саўдалары арқалы жер майданларына «EverPROSPER INVESTMENT CONSULTING” ЖШЖ жеңимпаз деп табылды.

    Бул турақ жайларды қурыў жумысларына Қытай Халық Республикасының “China MCC17 Group Co., Ltd” қурылыс кәрханасы бириктириледи.

    Заманагөй ҳәм ҳәр тәреплеме халықаралық стандартларға сай келетуғын бул турақ жайлардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери Қытай Халық Республикасының “Central South artichectural institute (CSADI) co Ltd” компаниясы тәрепинен ислеп шығылды ҳәм бул жойбарлар жергиликли “Бахтыбай Нөкис” ЖШЖ жойбарлаўшы кәрхана тәрепинен бейимлестирилди. Ҳәзирги ўақытта экспертизаға усыныў илажлары көрилмекте.

    Бүгинги күнде 5 турақ жайдың қурылыс жумыслары басланды. Атап айтқанда, 2 турақ жайда подушка жумыслары толық әмелге асырылды ҳәм 5 турақ жайда армокаркас тоқыў жумыслары алып барылмақта ҳәм 1 турақ жайда жер төле бөлегиниң цоколь жумыслары басланды.

    Турақ жайлардың қурылыс жумысларында 3 минаралы кран орнатылып, жумыслар табыслы даўам етпекте.

    Сондай-ақ, Әмиўдәря районындағы “Дослық” мәҳәллесиндеги “Жаңа Өзбекстан” массивинде де турақ жайлардың қурылысы басланып, нәтийжели даўам етпекте. Быйыл 27-май күни аукцион саўдалары арқалы 8 жер майданы “EverPROSPER INVESTMENT CONSULTING” ЖШЖ тәрепинен жеңип алынды.

    Бул турақ жайлардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери де Қытай Халық Республикасының “Central South artichectural institute (CSADI) co Ltd” компаниясы тәрепинен ислеп шығылмақта ҳәм июнь айының ақырына шекем толық жуўмақланыўы режелестирилген.

    Нөкис қаласында көп тармақлы балалар емлеўханасын қурыў жумыслары да алып барылмақта. Қаладағы “Шығыс” мәҳәллеси аймағынан көп тармақлы балалар емлеўханасын қурыў ушын зәрүр жер майданы таңланды. Бул емлеўхананың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери де Қытай Халық Республикасының “Central South artichectural institute (CSADI) co Ltd” компаниясы тәрепинен ислеп шығылмақта. Бүгинги күнде емлеўхана аймақлары тосықлар менен қоршалып, қурылыс жумысларын баслаў ушын таяр жағдайға келтирилди.

    Бул жумыслар белгиленген мүддетлерде табыслы әмелге асса, қала ҳәм район орайларында және бир қанша заманагөй имаратлар бой тиклеп, олардың көркине-көрик қосып, қараған көзди қуўандыратуғынлығына исенемиз.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates